Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети "Китапқумарлар клубы" ағзалары Нөкис "Мүриўбет" ҳаяллар интернат үйинде болды.

Алып барылған илаж даўамында "Китапқумарлар клубы" басшысы Г.Нарымбетова китапқумарлықты ен жайдырыў бойынша түсиник берилип, "Китапқумарлар клубы" ағзалары тәрепинен сахналық көринислер, көркем оқыўлар ҳәм жанлы ҳаўазда қосықлар атқарылды.

Илаж соңында "Китапқумарлар клубы" ағзалары тәрепинен "Мүриўбет" үйи тәрбияланыўшыларына китаплар саўға етилди.

Дерек: KARSU.uz