Қоңырат районында 6000 ға жақын майыплығы бар инсанлар бар болып, солардан 1177 си балалықтан майыплығы бар адамлар. Олардың мәплерин қорғаў, жәмийетимиздиң тең ҳуқықлы ағзасы екенлигин көрсетиў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

“3-декабрь – Халықаралық майыплар күни” мүнәсибети менен район ҳәкимлиги, Нураный қоры, Қызыл ярым ай жәмийети, Өзбекстан Республикасы майыплар жәмийети районлық бөлими, "Инсан" социаллық хызметлер орайы тәрепинен ҳәр түрли қәўендерлик илажлар өткерилмекте.

Сәнеге бағышланып  райондағы пайызлы орынлардың биринде байрам дәстурханы жайылып, майыплылығы болған пуқараларға майыплар арбашалары, ҳаса ҳәм қолтық таяқлар, түрли естелик саўғалары тапсырылды. Район көркем өнер хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасынан орын алған йошлы қосық, намалар  илаж қатнасыўшыларының кеўлин хошлады.

Дерек: Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети