“3-декабрь – Халықаралық майыплар хуқуларын қорғаў күни" мүнәсибети менен Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими Нөкис қалалық Мектепке шекемги ҳәм Мектеп билимлендириў Минстрликлигине қараслы 27-санлы ўлыўма орта билим бериў мектебинде мектеп жәмәәти менен биргеликте "Сиз ҳәмише итибардасыз" атамасында айрықша тәлимге мүтәж болған балалар қатнасында  инклюзив концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.

Илажға Нөкис қаласы "Темир жол" мәкан пуқаралар жыйыны белсендиси, Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәмде айрықша тәлимге мүтәж болған балалардың ата-аналары қатнасты.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими