Бүгинги күнде мәмлекетимизде инсан қәдири, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдары етип белгиленген.

Бул бағдарда барлық пуқараларымыз сыяқлы майыплығы болған ўатанласларымызға итибар ҳәм әмелий ғамхорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша кеўил бөлинбекте.

“3-декабрь – Халықаралық майыплар ҳуқуларын қорғаў күни" мүнəсибети менен Шымбай районы ҳәкимлиги тәрепинен район аймағындағы социаллық жəрдемге мүтəж майыплығы болған пуқараларға байрам дәстурханы жайылды.

Илажда Шымбай район ҳәкими орынбасары Р.Жумамуратов  бәрше қатнасыўшыларды сәне мүнәсибети менен қутлықлап, саўғалар тапсырды.

Дерек: Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети