Бүгин “3-декабрь – Халықаралық майыплар ҳуқуларын қорғаў күни"  мүнәсибети менен Шымбай районындағы майыплығы болған ер адамлар ушын арналған Мүриўбет үйинде байрам илажы болып өтти.

“Кеўил кеўилден суў ишер” дегендей, Мүриўбет үйиндеги инсанлар менен меҳир ҳәм жыллылық бөлисилди, олар бәрҳама мәмлекет итибарында ҳәм ғамқорлығында екенлиги атап өтилди.

Дерек: Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети