«3-декабрь – Халықаралық майыплар күни» мүнәсибети менен илаж өткерилди.

Ҳәр жылы 3-декабрь сәнесинде майыплығы болған пуқаралар күниниӊ белгилениўинен мақсет пүткил дүньяда әмелге асырылып атырған бағдарлама ҳәм жойбарларда, жәмийет раўажланыўында физикалық имканияты шекленген пуқаралардыӊ басқа майыплығы болмаған пуқаралар менен теӊ ҳуқықлығы негизинде қатнасыўын, майыплық мәплери, ҳуқық ҳәм еркинликлери инабатқа алыныўы, елимизде майыплығы бар пуқаралардыӊ қәдир-қымбатын қорғаўшы Нызам ҳәм тәртиплердиӊ енгизилиўин тәмийнлеўден ибарат.

Сәне мүнәсибети менен район ҳәкими З.Зайтов ҳәм Президент Халық қабыллаўханасы районлық бөлими баслығы Қ.Гулманов бир қатар пуқаралар шаӊарақларында болып жағдайларынан хабар алды.

Дерек: Нөкис районы  ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети