"Өзбекстан Республикасында майыплығы бар болған социаллық қорғаў ҳаққында"ғы Нызам, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 1992-жыл 14-октябрьдеги 47/3-санлы қарарына тийкар, ҳәр жылы "3-декабрь – Халықаралық майыплар күни" сыпатында республикамызда кең белгилениўи, ҳүкиметимиз тәрепинен алып барылып атырған күшли ҳәм мәнзилли қорғаў сиясатының анық дәлийли есапланады.
Ҳǝр жылы елимизде “3-декабрь – Халықаралық майыплар күни” сыпатында кең түрде белгиленип келинбекте.
Сǝне мүнǝсибети менен Нөкис район ҳәкимлиги тәрепинен социаллық жəрдемге мүтəж ҳəм майыплығы болған пуқараларға район ҳәкимлиги тәрепинен ҳүрмет-иззет көрсетилип, байрам дәстурханы жайылды.
Илажға Нөкис район ҳәкимлиги ҳәм Нөкис районы "Инсан" социаллық хызметлер орайы қатнасып, бәрше қатнасыўшыларды сәне мүнәсебети менен қутлықлап, шаңарақларына аманшылық, өзлерине беккем ден-саўлық тиледи.
Байрам илажы, йошлы концерт бағдарламалары менен даўам етти.
Дерек: Нөкис районы ҳәкимлиги
Отправить комментарий
Отправить комментарий