Бүгин Шымбай районы прокуроры, 2-сектор баслығы Р.Халмуратов меҳир ҳәрекети жойбары  ҳәмде “3-декабрь – Халықаралық майыплар ҳуқуларын қорғаў күни" мүнәсебети менен, сектор аймағында үй шараятында жеке тәртипте билим алып атырған 12 жастың үйлеринде болып, олардың жағдайынан хабар алып, жасларға керекли болған қысқы кийим-кеншек, оқыў қураллары ҳәмде азық-аўқат өнимлерин жеткизип берилди.

Сондай-ақ, олардың ата-аналары менен сәўбетлесип, жасларды қосымша пән ҳәмде спорт дөгереклерине тартыў ҳәмде саламатлығын тиклеў бойынша мәселелер келисип алынды.

Дерек: Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети