2024-жыл 27-октябр күни Республикамызда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли кеңеслер депутатларының сайлаўы болып өтти.

Сайлаўға өзлериниң келешегине бийпарық болмаған пуқаралар менен бирге майыплығы болған инсанлар да өз белсендилиги менен қатпаспақта. Олар ушын барлық сайлаў участкаларында өз алдына таярлықлар көрилген.

Сондай-ақ участкаларға келип даўыс бериў имканияты жоқ пуқаралар сайлаў участкасы тәрепинен шөлкемлестирилген көшпели сайлаў қутысы арқалы өзлери мүнәсип деп тапқан талабанларға даўыс берилди.

Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан Республикасында 18 жастан жоқары 57 058 майыплығы болған инсанлар бар болып, соннан 41 186 пуқара сайлаўларда өзлери барып даўыс бере алатуғын болса, 7 294 пуқараларға өзи жасап атырған үйинде даўыс бериў имканияты жаратылған.

Видео YouTube:

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы