Өзбекстан Майыплар ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен БМШ Раўажланыў бағдарламасы (ПРООН) қаржылай жәрдеминде әмелге асырылып атырған «Аралбойы аймағында инклюзив ҳуқықый мәданиятты арттырыў» грант жойбары шеңберинде Нөкис районында майыплығы болған шахслардың қатнасыўында семинар өткерилди.

Семинардың тийкарғы мақсети майыплығы болған шахслардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў, олардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери ҳаққында хабардарлығын күшейтиў және ҳуқықый машқалаларын шешиўде әмелий жәрдем көрсетиўден ибарат болды.

Илаж даўамында қатнасыўшыларға майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары, социаллық қорғаў, медицинлық хизметлер, билимлендириў, бантлик, социаллық хизметлер ҳәм басқа да ҳуқықый мәселелер бойынша түсиниклер берилди. Сондай-ақ, арза, шағым ҳәм басқа да мүражатларды дурыс рәсмийлестириў ҳәм оларды мазмунына бола тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге жибериў тәртиби бойынша ҳуқықый түсиниклер берилди.

Семинарға районлық орай хизметкерлери ҳәм Өзбекстан Арбитраж судлары ассоциациясының ҚР филиалы ўәкиллери қатнасып, қатнасыўшыларды қызықтырған ҳуқықый ҳәм социаллық мәселелер бойынша түсиниклер ҳәм әмелий усыныслар берди.

Айнура БЕКМАНОВА
«Инсан» СХО майыплығы болған шахслар менен ислесиўши бас қәниге

Дерек: Ақмаңғыт таңы
17 (4643) 20-октябрь 2026-жыл