3-декабрь – Халықаралық майыпларды қорғаў күни. Сәне мүнәсибети менен орынларда қайырқомлық акциялары ҳәм байрам илажлары шөлкемлестирилмекте. 3-декабрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жумыс ислеп атырған хызметкерлер ҳәм оқып атырған студент-жаслар менен ушырасыў болып өтти.



Ушырасыўда институт жаслар мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров ҳәм институт кәсиплик аўқамы комитети баслығы К.Гүлимбетов, сондай-ақ, факультетлердиң декан орынбасарлары сөзге шығып, елимизде имканияты шекленген инсанларға берилип атырған дыққат-итибар ҳәм олардың нәтийжеси ҳаққында айтып өтти.

Байрам саўғалары сыпатында институттың 4 хызметкери ҳәм 29 студентине азық-аўқат өнимлери тарқатылды.

Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.