Балалықтан майыплығы болған перзенти бар аналарға пенсия алыў ушын зәрүр стажы болмаған жағдайда социаллық напақа төленеди. Президент пәрманына муўапық, 2019-жыл 1-марттан баслап балалықтан майыплығы болған перзенти бар аналарға, олар пенсия жасына толғаннан соң, егер оларда пенсия тайынлаў ушын зәрүр стаж бар болмаса, социаллық напақа төленеди.


Бир ай мүддетте социаллық напақа муғдарын ҳәм оны төлеў тәртибин тастыйықлаў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тапсырылған.