Шымбай районлық медициналық бирлеспеси имараты алдында райондағы социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларға қайыр-сақаўат илажы шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар берди. Илажда район ҳәкими П.Ещанов социаллық жәрдемге мүтәж инсанларға 20 дана майыплар арбашасы, 14 дана еситиў аппаратлары, сондай-ақ, медициналық бирлеспесиниң патронаж мийирбийкелериниң жумысларын жетилистириў мақсетинде 25 дана хызмет велосипедлерин тапсырды.
Өз гезегинде пуқаралар бул көрсеткен қайырлы ислери ушын Президентимизге, ҳүкимет басшыларына шексиз миннетдаршылығын билдирди.
Өз гезегинде пуқаралар бул көрсеткен қайырлы ислери ушын Президентимизге, ҳүкимет басшыларына шексиз миннетдаршылығын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги