Шымбай районы Медицина бирлеспеси имараты алдында райондағы социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларға қайыр-сақаўат илажы шөлкемлестирилди. Илажда район ҳәкими П.Ещанов социаллық жәрдемге мүтәж инсанларға 20 дана майыплар арбашасы, 14 дана еситиў аппаратлары, медицина бирлеспесиниң потранаж мийирбийкелериниң жумысларын жетилистириў мақсетинде 25 дана хызмет велосипедлерин тапсырды. Өз гезегинде пуқаралар бул көрсеткен қайырлы ислери ушын Президентимизге, Ҳүкимет басшыларына шексиз миннетдаршылығын билдирди.
Дерек: Makan.uz – Мәмлекетимиздеги жаңалықлар порталы