2019-жылдың 18-апрель күни Өзбекстан жаслар аўқамы Имкәнияты шекленген жаслар ҳәм балалар орайы директоры Рано Шодиева ҳәмде Россия Федерациясынан келген делегат емлеў педагогика орайы қәнигеси Алена Легостаева Мойнақ районында болды.
Мойнақ районына сапары даўамында Халық билимлендириў бөлимине қараслы 2-санлы улыўма билим бериў мектебинде 20 имкәнияты шекленген жаслар ҳәм олардың ата-аналары менен ушырасыў шөлкемлестирип олар менен сәўбет өткерилди.
Ушырасыў соңында имкәнияты шекленген балалар ҳәмде жасларға азық-аўқат өнимлери, ҳәм мектеп оқыўшыларына әдебий китаплар саўға етилди.
Соның менен мийманлар шекленип қалған жоқ, күн даўамында мийманлар халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы қәнигелестирилген мектеп, 1-санлы улыўма билим бериў мектеби, сондай-ақ, 2 ҳәм 3-санлы мектепке шекемги билимлендириў мекемелерине барып имкәнияты шекленген балалар ҳәм жаслар менен  ушырасыўлар өткерип олар менен сәўбетлести ҳәм бир қанша әдебий китаплар және 140 данадан артық суў тазалаўшы үскенелер тапсырылды.
Дерек: ZAMAN.uz – Информациялық портал