Жақында «Өзбекистан Арнаўлы Олимпиадасы» Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң 20 аслам белсенди жаслары ҳәм Нөкис қалалық «Миллий тикланиш» партиясы тәрепинен Хожели районында имканияты шекленген бир қатар балалар ҳәм үлкенлер, олардың ата-аналары, жақынлары ушын жаздың жазийрама ыссысында кеўилли дем алыў шөлкемлестирилди.
«Өзбекистан Арнаўлы Олимпиадасы» Қарақалпақстан Республикасы бөлими ҳәм партияның жаслары оларды түрли азық-аўқатлар үлести. Илаждың тийкарғы мақсети жаздың жазийрамасында Хожели районының пайызлы бир мәскәнинда имканияты шекленген инсанлар ҳәм олардың ата-аналары ушын шыпабақыш лай суўда дем алыўы ҳәм шолмылыўды шөлкемлестириўден ибарат.

Шөлкемниң қоллап-қуўатлаўшы жаслары тәрепинен ҳәр түрли ойынлар шөлкемлестирилип, имканияты шекленгенлер қамтып алды ҳәм олардың кеўиллерини көтерилди.

Өзбек тилинен аўдармасы:
Саламат Авезов.

Дерек: Kar24.uz – Биз жазыўдан алдын ойлаймыз