Бүгинги күни мәмлекетимиз тәрепинен халықтыӊ жасаў шараятын жақсылаў,олардыӊ машқалаларын орынларда шешиў бойынша бир қатар унамлы жумыслар алып барылмақта.

Солай етип район төрт секторға бөлинип,2-сектор прокурор секторы етип белгиленди.Ол “Тазғара” АПЖ, “Тағжап” АПЖ, “Көнши” МПЖ, “Қаракөл” МПЖ ҳәм “Темир жол гүзары” МПЖ ларға бириктирилген. Сектор аймағында жәми 5497 хожалық болып, 31797 ден аслам пуқара жасап келмекте.

Булардан өткен жылы 198 хожалық кем тәмийинленген шаңарақ дизимине алынған болса, бул шаңарақларға бир қанша унамлы жәрдемлер берилип, жасаў шараяты жақсыланғанлығы себепли 26 хожалық кем тәмийинленген дизимнен шығарылды ҳәм ҳәзирги ўақытта аймақта 172 кем тәмийинленген хожалық жасайды. Аймақта жалғыз баслы пуқаралар саны 9 адамды қурайды.

Аймақтағы пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 130 пуқараға әмелий жәрдемлер берилип, бәнтлиги тәмийинленди.

«Тағжап» АПЖ «Аралбай» аўыл турғыны майыплығы бар Қурбанбаев Есберген пуқаралық паспортын өзгертиў жәрдем сорап еткен мүрәжаты унамлы шешилип, бул пуқараға жаңа биометрик паспорт алып берилди.

Бул исленип атырған жумыслардың барлығы халқымыздың абат ҳәм абадан турмыс кешириўи ушын тийкар болып хызмет етпекте. Сол тийкарда халық мәмлекет ушын емес, ал мәмлекет халық ушын хызмет етиўин тәмийинлеўимиз тийис.

Бизлердиң баслы ўазыйпамыз усы мәселелердиң шешимин табыў механизмин ислеп шығыў ҳәм аймақтағы ҳәр бир шаңарақ ҳәм ҳәр бир пуқараға сектор нәзеринен шетте қалмайтуғынын жеткериўден ибарат.

Р.Атамуратов,
Шымбай районы прокуроры 2-сектор баслығы.