7-декабрь, 2019-жыл 31-санлы мектепте «3-Декабрь – Халыкаралық майыпларды қорғаў» күни ҳәм «8-Декабрь – Өзбекистан Республикасы Конституция» күнлери мүнәсибети менен 50-санлы арнаўлы  балалар бақшасы балалары ҳәм саламат балалар бакшалары арасында "Кишкене атлет" бағдарламасы менен 5 басқыштан ибарат спорт жарыслары өткерилди. Жарыс ураны "Спорт – бул күш, спорт – бул өмир", "Жениске ерисейик", "Қарсылас абайла", "Мен кишкене спортшыман".
Оған «Өзбекстан  Арнаўлы Олимпиядасы» спорт жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими, «Мәҳәлле» Қаракалпакстан Республикасы Фонды, Республика «ГАИ» хызметкерлери, ООО «Нукус-минар», ООО «Broker group», такси «Драйф» компаниясы өзлерниң әмелий жәрдемлерин көрсетти.

Дерек: Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы спорт жәмийетлик бирлеспеси.