Қанлыкөл районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 21-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 4-класс оқыўшылары “Биз бир саптамыз!” ҳәм “Бүгин туўылған күн” акциялары шеңберинде, үй шәраятында оқытылып атырған 4-класс оқыўшысы Нарбаев Дәниярдың ҳалынан хабар алып, бирге сабақ таярлап, оны бүгинги туўылған күни менен қутлықлады.
Досларының терең итибары, шын дослығы Дәниярды шексиз қуўанышқа бөледи. Буны оның көзлеринен-ақ аңлаў мүмкин.

Туўылған күниң менен Дәнияр!

Дерек: QARAQALPAQSTAN JASLARI