Елимизде болып турған карантин дәўиринде халықты социяллық жақтан қорғаў, олардың мүтәжликлерин қанаатландырыў ең баслы ўазыйпа есапланады.


Бозатаў районы ҳәкимлиги тәрепинен райондағы кем тәмийинленген, майыплығы бар ҳәм басқаның күтимине мүтәж, имканияты шекленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде район аймағындағы Қәўендерлик қайыр сақаўатларды муўапықластырыў орайына 10 тонна ун, 1 тонна гүриш, 1 тонна картошка, 500 кг пияз, 1200 кг макарон, 500 лт ақ май ɵнимлери алып келинди.

Бул азық-аўқатлардың барлығы райондағы кем тәмийинленген 200 шаңараққа бийпул тарқатылды.

Дерек: Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети