Халқымызда «Алтын алма дуўа ал, дуўа алтын емес пе» деген даналық гәп бар. Бул гәтиң тɵркинине келетуғын болсақ оға да үлкен ҳақыйқатлық бар екенин кɵремиз. Өйткени халық қол жайып «Өнип ɵскейсең, мәртебең бәлент болып ақ жүзли абырайлы болғайсаң» деп пәтия береди.

Бул сɵзлер адамға руўхый мәдет берип, ушпаға қанат байлағандай болады ҳәм ғайрат пенен ислеп, хызмет еткиң келеди. Елимизде бундай алғысларды алып журген жүдә кɵп ел перзентлери бар екенлиги сиз бенен бизге белгили. Усындай елим халқым деген және бир Азамат бүгинги күнде халықтың берген исенимин ақлап келмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Қадиров Кәмилжан Қадирович Бозатаў районы аймағынан жаслар бағын жаратыўды мақсет етип 7 гектар майданға 6 мың түп алма нәлин егиўге басшылық етпекте.

Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта елимизде болып турған карантин дәуиринде район турғынларының ҳалынан хабар алыў оларға жәрдем кɵрсетиў мақсетинде Қадиров Кәмилжан Бозатаў районы ҳәкимлиги менен биргеликте район аймағындағы кем тәмийинленген, майыплығы бар ҳәм басқаның күтимине мүтәж болған 34 пуқараның үйине барып олардың ҳәр бирине 25 кг ун ҳәм 25 кг гүриш ɵнимлери тарқатылды.

Дерек: Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети