Жақында усындай илажлар шеңбериндеги қайырқомлық ислерине қаламыздағы бир катар исбилерменлер менен биргеликте қала ҳәкими орынбасары Е.Алланов, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис қаласындағы Халық қабыллаўханасы баслығы А.Балтабаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты З.Палўановалар тәрепинен «Қызыл қум» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы кем тәмийинленген, майыплығы бар ҳәм өзгелердиң жәрдемине мүтәж жалғыз баслы кекселердиң ҳал-жағдайларынан хабар алынып, күнделикли азық-аўқатлық өнимлеринен жәрдемлер көрсетилди.

Дерек: Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы