Пүткил дүнья жүзлик денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен, коронавирус пандемиясы жәрияланғанлығы себепли, бүгинги күнде республикамызда усы қәўипли инфекция кең тарқалып кетиўиниң алдын алыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасында халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў, коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыўда тийисли шөлкемлер менен биргеликте, ҳәр бир инсан өз үлесин қосып келмекте.

Бүгинги аўыр, сынаўлы күнлерде бир қатар кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәмде көплеген пидайы пуқараларымыз өзлериниң қайыр сақаўатлы ислери менен кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж, майып, жалғыз баслы пуқараларға жәрдем көрсетип саўаплы ислери менен өрнек болмақта.

Сол қатары, Өзбекстан билимлендириў, илим ҳәм мәденият хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қанлыкөл районлық кеңеси де, Қанлыкөл районлық Мәҳәлле ҳәм шанарақты қоллап-куўатлаў бөлими жанында жәмийетшилик тийкарында шөлкемлестирилген Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў орайына 20 шаңарақ ушын 1.000.000 (бир миллион) сўмлық азық-аўкатлық өнимлерди қайырқомлық сыпатында жеткерип берди.

Бул азық-аўкат өнимлери тийисли қанигелер менен биргеликте, район аймағында жайласқан Қанлыкөл ППЖ, Бостан АПЖ, Наўрыз АПЖ, Дослық МПЖ, Арзымбетқум АПЖ, Мәденият МПЖ, Бескөпир аўыл пуқаралар жыйынларында жасаўшы кем тәмийинленген шанарақларға жеткерилди.

Дерек: Қанлыкөл районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети