Өзбекстан мусылманлар басқармасы жанындағы «ВАҚФ» қайырқомлық жәмәәтлик қоры есабынан Рамазан Ҳайты байрамы мүнәсибети менен райондағы кем тәмийинленген, жалғыз баслы, майыплығы бар 55 шаңарақтың ҳалынан хабар алынып, оларға азық-аўқатлық затлар тарқатылды.

Бул саўаплы исте Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы қабыллаўханасы баслығы Қ.Гүлманов, район бас имам хатиби А.Салимов, Мәхәлле хәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы орынбасары Т.Абдижаббаров хәм Мәҳәлле хызметкерлери қатнасты.

Дерек: Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети