Нөкис районы Мектепке шекемги билимлендириў бөлими тәрепинен «Ақмаңғыт» ППЖ, «Кердер», «Кырантаў АПЖ аймағындағы кем тәмийинленген, бағыўшысынан айрылған ҳәм майыплығы бар болған 6 шаңарақтың ҳалынан хабар алынып, оларға азық-аўқат өнимлери тапсырылды.

Усы күни олардың үй алды қыйтақ жерлери абаданластырылып, ҳәр түрли нәллер егилип берилди.

Дерек: Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети