Бәршеңизге белгили, Республикалық арнаўлы комиссияның қарары менен Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳəм оның барлық районлық бөлимлери жанында жәмийетлик тийкарда жумыс алып барыўшы Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў Орайы шөлкемлестирилип, пуқаралардыӊ мүрәжатларын қабыллаў ушын 1197 қысқа номерли телефон тармағы (call-center) орнатылған еди.

Усы Орайды шөлкемлестириўден мақсет – Өзбекстан Республикасына коронавирус инфекциясының кирип келиўи ҳәм оның тарқалыўының алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлардың нәтийжелилигин жәнеде арттырыўдан ибарат болды.

Орай өз жумысын баслаған ўақыттан берли исеним телефоны арқалы 16 524 мүрәжатлар келип түсти. Усы тийкарда кеўиллилер тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы бойынша келип түскен мүрәжатлар ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықларының усыныслары тийкарында 20 мыңнан аслам жәрдемге мүтәж шаңарақларға, соның ишинде 10 994 кем тәмийинленген, 1489 бағыўшысынан айрылған, 414 карантиндеги ҳәм 3718 карантин дәўиринде дәраматсыз қалған шаңарақларға, 2463 майыплығы болған шахсларға, 930 жалғыз баслы кекселерге азық-аўқатлық ҳәм басқа зәрүрли өнимлер ҳәмде медициналық нықаплар жеткерип берилди.

Атап айтқанда, өсимлик майы, ун, қумшекер, макарон, мал гөши, картошка, гүриш, гешир, мәйек, мәш, лобия ҳәм басқа да азық-аўқатлық өнимлери тарқатылды.

Өнимлер арнаўлы автомашиналарда кеўиллилер тәрепинен гигиена ҳәм санитария талапларына әмел еткен ҳалда мәҳәлле басшылары менен биргеликте мәнзиллерине жеткерилмекте.

Ең баслысы ҳәр күни әмелге асырылған жумысларды анализлеў ҳәм анықланған машқалаларды үйренип оператив түрде унамлы шешиў илажлары системалы түрде жолға қойылған.

Усы бағдардағы әмелий илажлар еледе даўам етпекте. Бул бойынша қосымша мағлыўматлар берип барамыз.

Дерек: Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты
қоллап-қуўатлаў министрлигиниң Мəлимлеме хызмети