Нөкис районы «Тақыркөл» АПЖ аймағындағы жайласқан ең шетки аўылларының бири “Қаллижағыс” аўылында жасаўшы 1999-жылы туўылған Тажибаева Нурсулыў майыплығы болған пуқарамызға «Нөкис акфа фильтр» фермер хожалығы тәрепинен заманагөй тигиў машинасы саўға етилди.

Усы АПЖ пуқарасы кем тәмийинленген шаңарақтың жасаў жағдайынан хабар алынды ҳәм оларға азық-аўқат өнимлери тапсырылды.

Дерек: Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети