Ҳаялларға жеңиллетирилген үй-жайлар бериле ме?

Аўыр социаллық аўҳалға түсип қалған ҳаял-қызларға жеңилликли үй-жайлар бериў ҳаққында Ҳүкимет қарары қабыл етилген.

Қанша ҳәм қандай үйлер бериледи?

Ҳәр жылы ҳәр бир район ҳәм қалаға (қатламыңа (топарына) қарап) 6 дан 10 ға шекем 2-3 ханалы квартиралар ҳәм 2 сотоклы (2-3 ханасы бар) ҳәўлилер бериледи. Майып ҳаял-қызларға көп қабатлы үйлердиң биринши ямаса екинши қабатынан квартиралар бериледи.

Пулын ким төлейди?

Басланғыш төлем (25%) Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмәәт қоры, талапкер ислеп атырған шөлкем тәрепинен ҳәмде нызамда қадаған етилмеген басқа дереклер (қәўендерлер, басқа қорылар) есабынан төлеп бериледи. Қалған 75 проценти болса коммерциялық банклерден жеңилликли кредит алып қапланады (талапкер тәрепинен).

Егер талапкердиң буған қурбы жетпесе (кем тәмийинленген болса, турақлы дәраматы болмаса), ол ислеп атырған шөлкем, Өзбекистан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмәәт қорыының қәрежетлери ҳәмде нызамда қадаған етилмеген басқа дереклер есабынан бул пуллар төлеп бериледи.

Қандай ҳүжжетлер талап етиледи?

Район ҳәкимияты жанында дүзилген арнаўлы аймақлық Комиссияға арза тапсырылады ҳәм сол комиссияның усынысы менен кейинала жеңилликли үй-жайға ийе болыў мүмкин. Арза тапсырылыўы ушын АҚЫРҒЫ МҮДДЕТ – ҳәр жылдың 1 февраль күни.

Талапкер Комиссияға төмендеги ҳүжжетлерди тапсырады:

– Арза;

– Паспорт нусқасы;

– Салық төлеўшиниң идентификация номери нусқасы (СТИР);

– шаңарақ ағзалары паспортлары ҳәм неке дизимге алынғанлығы ҳаққындағы гүўалық (толық шаңарақ ҳәм неке ҳәмде ер жетпеген перзентлер бар болған жағдайда) ҳәм/ямаса перзентлер туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықлар (ер жетпегенлер бар болған жағдайда) нусқалары;

– жасаў орныңан шаңарақ қурамы ҳаққында мағлыўматнама;

– арза бериўши ҳәм ол менен бирге жасайтуғын шаңарақ ағзаларының турақлы жумыс орынларынан берилген ақырғы 12 ай даўамыңдағы дәраматлары ҳаққында мағлыўматнама ямаса арза бериўши ҳәм оның шаңарақ ағзаларының жасаў орныңдағы мәмлекетлик салық хызмети органы тәрепинен тастыйықланған ақырғы 12 ай даўамыңдағы дәраматлар ҳаққындағы декларациялар нусқалары;

– турақлы прописка орныңан кадастр ҳүжжети нусқасы (егер турақ жайы турақлы прописка орны менен туўра келсе);

– турақлы прописка орныңан үй дәптериниң ямаса квартиралар бойынша карточканың (17-форма) нусқасы (егер турақ жайы турақлы прописка орны менен туўры келсе);

– ижәра ямаса турақ жайдан пулсыз пайдаланыў ҳақкында шәртнама ямаса район (қала) жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлими мағлыўматнама нусқасы (арза бериўшиниң Мүлк ҳуқықы тийкарында турақ - жайы болмаған жағдайда);

– майыплық топары көрсетилген ҳалда пенсия гүўалығы, усы ҳүжжет жоқ болған жағдайда, Өзбекистан Республикасы Ден саўлықты сақлаў министрлигиниң Республика медициналық-социаллық экспертиза инспекциясындағы районлараралық (район) шыпакерлик-мийнет эксперт комиссиясы (ШМЭК) мағлыўматнамасы нусқасы (шанарақ ағзалары арасында биринши топар майыбы бар болған жағдайда);

– турақ жайы бойынша район емлениў-профилактика мәкемесиниң шыпакерлик-мәсләҳәт комиссиясы (ШМК) мағлыўматнамасы ямаса арза бериўшиниң шаңарақ ағзалары арасында жуқпалы кеселликтиң аўыр түрлерине шалынған ҳәм Өзбекистан Республикасы Ден саўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланған дизимге муўапық өз алдына ханада жасаўға мүтәж болған шахстың бар екенлиги жағдайына – районлараралық (район) ШМЭК мағлыўматнамасы.

Арза тапсырылғаннан кейин не болады?

Арза ҳәм ҳүжжетлер белгиленген қабыл күнлеринде Комиссияға тапсырылады. Комиссия арзаны дизимге алады ҳәм арзаның бир нусқасына қабыл етилген сәне ҳәм қабыл еткен шахстың имзәсын қойып талапкерге береди (арза қабыл етилип алынғанлығының дәлили сыпатында). Дизим номерлеп барылады, дизим дәптери арнаўлы мөр менен қорғалған болады.

Комиссия арза бериўшиниң ҳүжжетлерин, турақлы жасаў орның, турмыс шәраятын үйренеди (15 жумыс күни ишинде).

Үйренип болғаннан кейин, жуўмақлар таярлайды ҳәм жазба формада талапкерге береди (3 жумыс күни ишинде). Жуўмақта жеңилликли үй-жайға усынылған ямаса усынылмаған себеплер толық көрсетиледи.

Кимлер биринши нәўбетте үй алады?

Үйге мүтәжлар көп, үйлер саны шекленген. Бундай жағдайда кимлерге биринши нәўбетте үй бериледи?

Айырым ҳаяллар мен жеңиллик берилетуғын топарға кирсем де, бермей атыр деп шағым етпекте. Соңың ушын бул мәселени турмыслық жағдайлар арқалы түсиндириўге урынып көремиз.

Бир ҳаял үй-жайға мүтәж ҳәм жалғыз ана, екиншиси үй-жайға мүтәж, жалғыз ана ҳәм кем тәмийинленген, үшинши ҳаял жалғыз ана, кем тәмийинленген ҳәм майып. Бундай жағдайда, әлбетте үшинши ҳаял биринши еки ҳаялға қарағанда усыныс алыўға ҳақлырақ есапланады.

Сиз көп тәрептен жеңилликли үй алыўға мүнәсип болсаңыз да, сизден де мүнәсибреги болыўы мүмкин. Себеби бир районда жылына 6 үй берилип атыр, бирақ оған онлап, ҳәтте жүзлеп талапкерлер шығады. Соңың ушын Комиссия ҳәр бир жағдайды индивидуал үйренип, мүтәжлик дәрежесин баллар арқалы сәўлелендирип барады. Яғный ең мүтәжлар, оғада мүтәжлар, жүдә мүтәжлар, орташа мүтәжлар сыяқлы кемейип барыў принципи әмел етеди.

Ҳаял бул жылы усыныс алмаған болса, кейинги ямаса оннан кейинги жылларда алыўы мүмкин. Сол тәризде үй-жайа мүтәжлар саны кемейип, сизиң қатламларыңыздағыларға да нәўбет жетеди.

Дерек: Юридикалық мағлыўмат

“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың

© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы«ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) – БЦЛ – Балалар церебраль ләңи)» диагнозы.