Еллимизде коррупцияға қарсы гүресиў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири. Жақында пуқаралар ҳәм майыплығы болған шахсларға оның зыянлары ҳәм ақыбетлери ҳаққында зәрүр мағлыўматларды жеткериў мақсетинде Әмиўдәрья районындағы 9-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң мәжилислер залында Өзбекстан Төрешилик Судлары Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен «Коррупцияға қарсы гүресиў жолында» атамасындағы мәмлекетлик грант жойбары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен жеңимпаз болған еди.
Пуқаралардың коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққындағы тийкарғы билимлерди ийелеўи, әмелдеги пәрман ҳәм қарарларында белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўы ҳәм кейинги жылларда қабыл етилген нызамларда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша саўатлылығын арттырыў ҳәм майыплығы болған шахслар ушын шығарылған нызамшылықтағы жаңа қарар ҳәм пәрманлар менен кең түрде таныстырды.
Кейинги жылларда коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкарлары жетилистирилип, жәмиетте коррупция иллетиниң душпаны үгит-нәсиятлаўларды әмелге асырыў бойынша «Коррупция не ҳәм оның ақыбетлери» темасына байланыслы ҳуқықый мағлыўматлар ҳәм бундай жағдайларда дурыс ҳәрекет етиў, санлы технологияларды коррупцияға қарсы гүресиў жолында қолланыў ҳәм оның алдын алыў бойынша әмелий усыныслар берилди.
Илажда Әмиўдәрья районы ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Әмиўдәря районы «Инсан» социаллық хызметлер орайы, ғалаба хабар қуралларының жуўапкер хызметкерлери, майыплығы болған шахслар ҳәм олардың ата-аналары қатнасты.
Саламат АВЕЗОВ,
Нөкис мәмлекетлик техника университети магистранты.
Дерек: «Қарақалпақстан жаслары»
6-ноябрь, 2025-жыл. №43-44 (8367)

Отправить комментарий
Отправить комментарий