Амбулаториялық емлениўде кимлерге бийпул дәри-дарманлар жеңилликли тәмийинлеў белгиленген?

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетинин 2013-жыл 22-июль күнги 204-санлы Қарарында төмендеги шахслар амбулаторияда емлениўде дәри-дарманлар менен жеңилликли тәмийинлеў ҳуқықына ийе.

1. Онкологиялық кеселликлерге шалынғанлар.

2. Туберкулёз кеселлигине шалынғанлар.

3. Макау кеселлигине шалынғанлар.

4. Эндокринологик кеселликлерге (қантлы ҳәм қантсыз диабетге) шалынғанлар.

5. Руўхый кеселликлерге шалынғанлар.

6. СПИД кеселлигин жуқтырғанлар.

7. Жүрек клапанын протезлеў ҳәм органларын көшириў бойынша операция қылынған шахслар.

8. Өзгелер қараўына мүтәж жалғыз пенсионерлер.

9. 1941-1945-жыллардағы урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ оларға теңлестирилген шахслар.

10. 1941-1945-жыллардағы урыс мийнет фронты қатнасыўшылары.

11. Чернобыль АЭС апатшылығы ақыбетлерин сапластырыўда қатнасқан майып шахслар.

12. Интернационал жаўынгерлер (авган урысы қатнасыўшылары).

13. Әкерий хызметти ядро полигонларында ҳәм басқа радиация-ядро объектлеринде өтеген пенсия жасындағы шахслар. 

Бул бийпул дәри-дарман алыў тәртиби, жоқарыда дизимдеги жеңилликке ийе шахслар бийпул дәри-дарманларға мүтәж болса өзи жасап турған аймақтағы емлеў мәкемесине яки поликлиникаға мүрәжеет етиледи.

Қарар менен белгиленген формада емлеўши яки бириктирилген врач тәрепинен рецепт жазылады.

Дәри-дарманлар дәриханалардан шәртнама тийкарында емлеў мәкемеси тәрепинен алынады.

Рецептке бир курс бойынша муғдарлар жазылады. Рецепт әмел қылыў мүддети бир ай.

Бийпул дәри рецепти жазылғаннан кейин жуўапкер шахс наўқаска бийпул дәрилерди тилхатка қол қойдырылып тапсырылады. Наўқас ержетпеген болса ата-анасына яки оның орның басыўшы шахсға бериледи. Наўқас дәри алыўга келе алмаса жақын ағайинине берип жиберилиўи мүмкин.

Дәри-дарманлар дизими арнаўлы қарар менен белгиленген.

Дерек: Юридикалық мағлыўмат

“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың

© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы«ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) – БЦЛ – Балалар церебраль ләңи)» диагнозы.