Кимлер дәрамат салығынан бир бөлегинен яғный төрт минималға шекемги дәраматлары бойынша дәрамат салығынан азат етилген?

Салық кодексиниң 180-статьясы 2-бөлимине тийкар, дәраматының бир бөлегинен яғный ең кем ис ҳақының төрт есесине шекемги болған дәраматларынан дәрамат салығынан азат етилген.

1. "Өзбекистан Қаҳарманы", Бурынғы аўқам Қаҳарманы, Мийнет Қәҳәрманы атақларын алған шахслар, үш дәрежедеги “Шуҳрат” ордени менен сыйықланған шахслар;

2. Урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ шеңбери нызам ҳүжжетлери менен оларға теңлестирилген шахслар;

5. Балалықтан майып болып қалғанлар, сондай-ақ I ҳәм II топар майыплары;

7. Бурынғы СССР ды, Өзбекистан Республикасы Конституциялық дүзимин қорғаў яки әкерий хызметтин ямаса ишки ислер органларындағы хызметтин басқа мәжбүриятларды орынлаў ўақтында жараланғанлығы, контузия болғанлығы ямаса жарақатланыўы ақыбетинде яки фронтта болыў менен байланыслы кеселлик себепли қайтыс болған әкерий хызметшилердин ҳәмде ишки ислер органы хызметкерлеринин ата-аналары ҳәм жесир ҳаяллары (жесир күйеўлер);

Егер жесир ҳаял яки күйеў некеден жаңадан өтсе жеңиллик берилмейди. 

10. Еки ҳәм оннан артық 16 жасқа толмаған балалары бар жалғыз аналар (ЗАГС мағлыўматнамасы тийкарында);

11. Еки ҳәм оннан артық 16 жасқа толмаған балалары бар бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясы алмайтуғын жесир ҳаял яки жесир еркеклер;

12. Балалықтан майып болған, турақлы қараўды талап ететуғын перзенти менен бирге жасап, оны тәрбиялап атырған ата-ананың бири.

Усы жеңилликлер жоқарыдағы жағдайларды тастыйықлаўшы ҳүжжетлер берилгенде қолланылады. 

Жеңиллик жоқарыдағы жағдай пайда болған ўақыттан баслап қолланылады. 

Егер шахс жоқарыдағы жеңилликлерден бир нешеўи бойынша жеңилликке ийе болса олардың қәлеўине қарап тек бир жеңиллик бериледи.

Егер жеңилликке ийе болған шахс жумыс ислесе жумыс орны тәрепинен қолланылыўы керек, егер жумыссыз болып дәрамат тапса салық органына декларация тапсырар ўақытта қолланылады.

Бул жеңилликлер пуқаралардың процент ҳәм дивидент дәраматлары, мал-мүлкти ижараға бериўде тапқан дәраматларынада қолланылады.

Егер жеңилликке ийе болған шахс жеңиллик бериўши ҳуқықты жоғалтса 15 күн ишинде салық услап қалатуғын мәкемени хабардар етиўи керек.

 Дәраматының 4 минималға шекем дәрамат салығынан азат етиў дегени мәселен 1 млн сум айлық алса соңын 4 минимальный бүгинги күндеги минимальный 202730 сумнан есаплағанда 810 мың 920 сумыңан подоход налог усланбайды дегени, қалған 1 млн сумнын қалған 189 мың сумнан 12% подоход налог усланады дегени.

Демек айлығыңыз 4 минималға жетпесе Сизлерден подоход налог усланбайды.

Дерек: Юридикалық мағлыўмат

“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың

© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы«ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) – БЦЛ – Балалар церебраль ләңи)» диагнозы.