Кеселлик бети (больничный) пул төлеў ҳаққында мағлыўмат берсеңиз, кимлерге 100 % төленеди? Кимлерге неше процент төленеди?

Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлигинен 2002-жыл 8-май күнги 1136-сан менен дизимнен өткен Режеге тийкар, ўақтынша мийнетке уқыпсызлық напақасы (больничный) төмендеги тәртипте ҳәм муғдарларда төлениўи белгиленген.

1. Улыўма стажы 8 жыл ҳәм оннан артық болған хызметкерлерге ҳәмде 21 жасқа толмаған шын жетимлерге ис ҳақының 80 % ти муғдарында;

2. Улыўма стажы 8 жылга шекем болған хызметкерлерге ис ҳақынын 60% ти муғдарында төленеди. 

Социаллық әҳмийетке ийе болған кеселликлер (Туберкулёз, онкология, жаңа пайда болған қәўипли өсимтелер, жынысый жол менен өтетуғын кеселликлер, СПИД, макау (лепра) кеселлиги, руўхый кеселликлер) бойынша есапта турған хызметкерлерге олар тәрепинен мәмлекетлик қамсызландырыў төлеми төлеген дәўириниң (улыўма ис стажынын) даўамлылыгына байланыслы түрде ўақтынша мийнетке уқыпсызлық напақасы (больничный) төмендеги муғдарларда төленеди:

1.Улыўма стажы 8 жыл ҳәм оннан артық болған хызметкерлерге ис ҳақынын 100 % ти муғдарында;

2. Улыўма стажы 5 жылдан 8 жылга шекем болған хызметкерлерге ис ҳақынын 80 % ти муғдарында;

3. Улыўма стажы 5 жылга шекем болған хызметкерлерге 60 % ти муғдарында төленеди.

Төмендеги шахсларға стажынын неше жыл екенинен қарамастан ўақтынша мийнетке уқыпсызлық напақасы (больничный) 100 % төлениўи белгиленген.

1. Жумыс ислеп атырған 1941-1945-жыллардағы урыс қатнасыўшылары;

2. Интернационал жаўынгерлер ҳәм оларға теңлестирилген басқа шахслар (авган урысы қатнасыўшылары);

3. Қараўында 16 жасқа (оқыўшылар 18 жасқа) толмаған 3 яки оннан артық балалары бар хызметкерлерге;

4. Чернобиль АЭС дагы авария ақыбетлерин сапластырыуда қатнасқан ҳәм сол авария зонасынан эвакуация етилген ҳәм көширилгенлер қәўипли Жуқпалы кеселликлерге шалынған хызметкерлерге;

5. Мийнетте майып болыў хас кәсип кеселлиги нәтийжесинде ўақтынша мийнетке қәбилетсиз болған хызметкерлерге. 

Ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасы (больничный) төлениўине ўақтынша мийнетке жарамсызлық қағазы (больничный лист) ҳәм мийнет дәптершеси тийкар бөлып, муғдары ең кем ис ҳақыдан кем болмаўы ҳәм есаплап шығылған ис ҳақысынан көп болмаўы керек.

Дерек: Юридикалық мағлыўмат

“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың

© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы«ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) – БЦЛ – Балалар церебраль ләңи)» диагнозы.