Ҳаял-қызлардын мийнет кодекси бойынша қандай ҳуқық ҳәм жеңилликлери бар?

Мийнет нызамшылығы бойынша ҳаял-қызларға бир қатар төмедеги ҳуқық ҳәм жеңилликлер бар. Қандай ҳаялларға (мәселен ҳәмиледар, 3 жасқа толмаған баласы бар соған уқсас қатламлар) қандай жеңиллик екениң жазып қояман, егер жазылмаған болса демек ол ҳуқық яки жеңиллик ҳәмме ҳаял-қызларға. Капталына қандай ҳаяллары жазылған болса ол сол катламдағы ҳаялларға тийисли ҳуқық яки жеңиллик.

1. Еки қабатлығы яки баласы барлығын себеп қылып ҳаяллардың жумыс қабыл етиўди бас тартыў яки олардың айлығын кемейтиў қадаған етиледи.

Егер еки қабат ҳаялды яки 3 жасқа толмаған баласы бар ҳаялды жумысқа қабыл етиў бас тартырғанда жумыс бериўши бийкар етиўдиң себеплерин жазба түрде көрсетиўи шәрт.

2. Мийнет шараяты қолайсыз жумысларда, сондай-ақ жер асты жумысларында ҳаяллар мийнети қадаған етиледи. (Аўыр болмаған жумыслар яки санитария ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў сыяқлы жеңил жумысларды ислесе болады).

Ҳаялларға нормадан артық жүк көтериў яки тасыўлары қадаған етилген.

3. Медицина жуўмағына көре еки қабат ҳаяллардың өндирислик яки хызмет көрсетиў нормалары кемейтирилип, алдынғы жумысынданы орташа айлық ис ҳақы сақланған ҳалда жеңиллик еки қолайсыз өндирислик факторлар тәсири жоқ болған басқа жумысқа өткизиледи.

Басқа жеңил жумысқа өткериў мәселеси шешилмегенше жумысқа шықпаған күнлери орташа айлық ис ҳақы сақланып турылады. 

5. 2 жасқа толмаған баласы бар ҳаяллар алдынғы жумысын ислеў мүмкин болмаған тәғдирде, баласы 2 жасқа толаман дегенге шекем алдынғы жумысындагы орташа айлық ис ҳақы сақланған ҳалда жеңилирек яки қолайсыз өндирислик ислеп шығарыў факторларының тәсирлери жоқ басқа жумысқа өткерилген.

5. Еки қабат ҳаялларды ҳәм 14 жасқа толмаған баласы бар (16 жасқа толмаған майып баласы бар) ҳаялларды олардың разылығысыз түнги жумысларға, жумыс ўактынан тысқары жумысларға, дем алыс күнлеринде жумысқа тартыў яки хызмет сапарына жиберилиўине жол қойылмайды. Егер еки қабат ҳаялларды ҳәм 3 жасқа толмаған ҳаялларды түнги жумысларға тартыўға бунды түнги жумыс ана ҳәм баланың ден-саўлығы ушын қәўип туўдырмаслығын тастыйықлаўшы медициналық жуўмақ болған тәғдирде жол қойылыўы мүмкин. 

6. Бюджет мәкемелеринде 3 жасқа толмаған балалары бар ҳаялларға жумыс ўақты ҳәптесине 35 сааттан аспайтуғын қысқартылган мүддет белгиленеди.

7. Еки қабат ҳаялдын, 14 жасқа толмаған баласы (16 жасқа толмаған майып баласы бар) бар ҳаялдын, сондай-ақ, бағыўында соңдай баласы бар ҳаялдың яки шаңарақтың кесел ағзасына қараў менен бәнт болған шахстың илтимасына муўапық, жумыс бериўши медицина жуўмағына көре оларға толықсыз жумыс күни яки толықсыз жумыс ҳәптесин белгилеўге мәжбүр.

8. 14 жасқа толмаған бир яки оннан артық баланы (16 га толмаған майып баланы) тәрбиялап атырған жалғыз әке, жалғыз анаға (жесир ҳаял яки еркеклер, некелен ажырасқанлар, жалғыз аналар) ҳәм мүддетли әкерий хызметти өтеп атырған әкерий хызметкерлердин ҳаялларына жыллық дем алыслар, олардың қәлеўине жаз ўақтында яки олар қолай болған басқа ўақытта бериледи.

9. 12 жасқа толмаған еки яки оннан артық баласы яки 16 жасқа толмаған майып баласы бар ҳаялларға ҳәр жылы 3 күннен кем болмаған мүддет пенен ҳақы төленетуғын қосымша дем алыс бериледи.

10. 12 жасқа толмаған еки яки оннан артық баласы яки 16 жасқа толмаған майып баласы бар ҳаялларға олардың қәлеўине көре, ҳәр жыды 14 кадендарь күннен кем болмаған мүддет пенен ис ҳақы сакланбаган ҳалда дем алыс бериледи. Бул ис ҳақы сақланбаған дем алыс жыллық дем алыска қосып берилиўи яки жумыс бериўши менен келисип белгиленетуғын дәўирде оннан бөлек (толық яки бөлип-бөлип) пайдаланыўы мүмкин. 

11. Ҳаяллар туўғанға шекем 70 календарь күн ҳәм туўғаннан кейин 56 календарь күн (туўыў қыйын болған яки 2 ҳәм оннан артық бала туўылған болса 70 календарь күн) мүддети менен ҳәмиледарлық туўыў дем алысы берилип, мәмлекетлик жәмийетлик қамсызландыў бойынша напақа (декретный пул) төленеди.

Ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алыстың неше күнинен пайдаланыўына қарамастан туўыўға шекем ҳаялға толық төлениўи керек.

Дерек: Юридикалық мағлыўмат

“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың

© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы«ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) – БЦЛ – Балалар церебраль ләңи)» диагнозы.