Емлеўханаларда кимлер аўқатланыў төлеминен азат етилген?

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетинин 2016-жыл 5-февраль күнги 31-санлы Қарары менен наўқаслар емлеў-профилактика мәкемелеринде аўқатланыў ушын төлемен азат етиўши кеселликлер ҳәм медицина мәкемелеринде аўқатланыў төлеминен азат етилген шахслар (наўқаслар) қатламлары тастыйықланған.

Стационар шараятында емлеў-профилактика мәкемелеринде аўқатланыў төлеминен азат етилген кеселликлер дизимине төмендегилер киреди.

1. СПИД кеселлигини жуқтырғанлар. 

2. Онкологиялық кеселликлер.

3. Руўхый кеселликлер.

4. Жуқпалы кеселликлер.

5. Нәшебентлик кеселликлер.

6. Эндрокринологиялық кеселликлер.

7. Нурланыў кеселлигине шалынғанлар.

8. Макау кеселлиги.

9. Сифилис.

10. Туберкулёз кеселлиги. 

11. Қыстаўлы тез медициналық жәрдем көрсетиў ўақтында наўқаслардың емлеўханада болыўы шекленген мүддетлеринин тастыйықланған стандартлары бойынша реанимация жумысларын ҳәм интенсив терапияны талап етиўши кеселликлер ҳәм жағдайлар.

12. Дәрежесине қарамастан, кемқан кеселлигине жоллықған ҳәм ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм туўған ҳаяллар. 

Медициналық мәкемелеринде аўқатланыў төлемлеринен азат етилген шахслар (наўқаслар) қатламыңа төмендегилер киреди. 

1. Биринши ҳәм екинши топар майыплығы барлар.

2. Балалықтан майыплығы бар шахслар.

3. 1941-1945-жыллардағы урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылар, сондай-ақ оларға теңлестирилген шахслар.

4. Чернобыль АЭС апатшылығы ақыбетлерин сапластырыўға қатнасқан-майып шахслар.

5. 1941-1945-жыллардағы урыс жыллары мийнет фронты қатнасыўшылары.

6. Байналмилалшы жаўынгерлер (авган урысы қатнасыўшылар)

7. Ҳақыйкый жетимлер.

8. Ўәкилликли органларда есапта турыўша жалғыз пенсионерлер.

9. 18 жасқа шекем болған балалар, сондай-ақ орта арнаўлы кәсип-өнер билим мәкемелери оқыўшылары. 

10. Әкерий хызметке шақырыў комиссиялары жуўмағына тийкар, қорғаныў ислери бөлимлериниң жолламалары бойынша 18 жастан 27 жасқа шекемги болған шақырылыў жасындағылар.

11. "Өзбекистан Республикасы Мақтанышлы донор" көкирек белгиси менен сыйлықланған шахслар.

12. 1 жасқа шекемги баласы болған емизиўли аналар.

Усы дизимдеги аўқатланыў ушын төлемнен азат етилгенлер медициналық жәрдемди пуллы тийкарда көрсететуғын бюджеттен тысқары қаржылар есабынан (өз қаржылары) есабына финанластырыў шәртлеринде жумыс алып барыўшы медициналық мәкемелерге, олардың бөлимлери яки палаталарына тийисли емес.

Яғный усы аўқатланыў төлеминен азат етилгенлер жеңилликтен арнаўлы мәмлекетлик бюджет есабынан қаржыланатуғын емлеўханалардан пайдаланады.

Усы жеңиллик жеке меншик ҳәм өзи корсеткен пуллы хызмет есабынан жумыс ислейтин медициналық мәкемелерге тийисли емес.

Дерек: Юридикалық мағлыўмат

“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың

© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы«ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) – БЦЛ – Балалар церебраль ләңи)» диагнозы.