Өзгелер қараўына мүтәж жалғыз кекселер ҳәм майыпларға ҳәр айда берилутуғын азық-аўқат муғдарлары ҳаққында мағлыўмат берсеңиз? Бул қатламларға кимлер киреди? Кимлерге бериледи? Азық-аўқатларды алыў тәртиби қандай?

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетинин 2015-жыл 10-август күнги Қарарына тийкар, өзгелер қараўына мүтәж жалғыз кекселер ҳәм майыплар ҳәр айда төмендеги азық-аўқат өнимлери ҳәм гигиеналық товарлар менен бийпул тәмийинлениўи керек:

1. Ун (жоқары сорт) – 3 кг;

2. Гүриш – 1кг;

3. Гречка жармасы – 0,5кг;

4. Макарон өнимлери – 0,5 кг;

5. Макарон өнимлери (басқа түрдеги) – 0,5 кг;

6. Мал гөши (сүйексиз) – 1кг;

7. Таўық гөши – 1кг;

8. Сарымай – 0,2 кг;

9. Мәйек – 15 дана;

10. Қант-қумшекер – 1 кг;

11. Өсимлик майы – 1 литр;

12. Көк ямаса қара чай – 0,2 кг;

13. Ийисли сабын – 0,1 кг;

14. Кирсабын – 0,2 кг;

15. Кир жуўыў көкини – 0,15 кг.

 Өзгелер қараўына мүтәж болған жалғыз кекслер ҳәм майыплар булар жалғыз жасайтуғын кекселер ҳәм майыплар яғный, ержетпеген балалары бар ямаса қамақта яки жазаны орынлаў мәкемелеринде, узақ мүддетте емлениўде болған шахслар менен жасайтуғын, перзентлери (ержетпеген ҳәм майып перзентлер кирмейди), турмыслық жолдасы (кексе ҳәм майып болса кирмейди), ата-анасы (кексе ҳәм майып болса кирмейди), қәўендери ҳәм қайыркомы ҳәм суд қарары менен оларды бағыў жүклетилген шахслары болмаған 60 жастан өткен еркеклер, 55 жастан өткен ҳаяллар ҳәм биринши ҳәм екинши топар майыплары.

Мәкан яки аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм медицина бирлеспеси хызметкерлери менен биргеликте ҳәр шеректин кейинги айдын 10-сәнесине шекеи үйлерди айланып шығып өзгелер қараўына мүтәж жалғыз кекселер ҳәм майыпларды анықлаў бойынша үйрениў өткерилген. 

Үйрениўде жалғыз жасаўы, жалғыз жасаўшы кекселер ҳәм майыплардын өзгелер қараўына мүтәжлиги ҳәм оларды бағыўшы ҳәм қараўшы басқа шахслардын бар яки жоқлығы анықланып, акт дүзиледи, Үйрениўде тийисли критерийлер бойынша баҳалаў өткерилип, баҳалаў нәтийжеси менен жеке дизимге киритиў ҳүжжетлери таярланады.

Өзгелер кутимине мүтәж жалғыз кекселер ҳәм майыпларды мүтәжлигин үйрениў олардың яки нызамлы ўәкилиниң арзалары менен де әмелге асырылады. 

Өзгелер қараўына мүтәж жалғыз кекселер ҳәм майыплардын дизими қала яки район ҳәкими қарары менен тастыйықланады.

Дерек: Юридикалық мағлыўмат

“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың

© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы«ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) – БЦЛ – Балалар церебраль ләңи)» диагнозы.