Балаға төленетин алиментти қалай азайтыўга яки тоқтатыўға болады?
Алиментти кемейтиў бойынша пуқаралық ислер бойынша судқа мүрәжеет етилиў керек ҳәм төмендеги жағдайлар болса алимент муғдары азайтылыўы мүмкин.
– Алимент төлеп атырған шахстың басқа ержетпеген балалары болып, алимент төлениўи нәтийжесинде сол өз қараўындағы балалары алимент төленип атырған балаларға қарағанда кемирек материаллық жақтан тәмийинленип қалса:
– Алимент төлеп атырған ата (ана) майып болып, материаллық жақтан қыйналып қалып атырған болса:
– Алимент алып атырған шахс өзи ғәрезсиз дәраматқа ийе болса:
– Ержетпеген бала мәмлекетлик яки мәмлекетлик емес мәкемениң толық тәмийинлениўинде болса суд алимент төлеп атырған ата яки ананың материаллық аҳўалыны есапқа алып, төленип атырған муғдарын азайтыўы мүмкин.
Дерек: Юридикалық мағлыўмат
“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың
© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы«ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) – БЦЛ – Балалар церебраль ләңи)» диагнозы.
Отправить комментарий
Отправить комментарий