Жалғыз аналарға, жалғыз пенсионерлерге қандай жеңилликлер бар?

Жалғыз аналарға төмендеги жеңилликлер бар.

1. Жер салығынан азат етилген.

2. Биржа труд олар ушын бос жумыс орынларын бәнт (занят) етип қояды.

3. Арзан үй-жайлар алыў ҳуқықы бар.

4. Жалғыз өзи кем тәмийинленген шаңарақта еки яки оннан көп перзент тәрбиялап атырған жалғыз ҳаяллар, жалғыз өзи майып бала тәрбиялап атырған ҳаяллар ҳәм биринши топар майыплығы болған жалғыз ҳаяллар жеңиллистерилген үй алса Ҳаял-қызлар комитети тәрепинен дәслепки төлеми төлеп берилиўи керек.

5. Жалғыз аналар жумыс ислесе мийнет дем алысы өзлеринен қолай ҳәм қәлеген ўақтында бериледи.

6. Майып баласын тәрбиялап атырған ҳәм 14 жасқа толмаған еки яки оннан артық баланы тәрбиялап атырған жалғыз ҳаяллар шаңарағының жәми дәраматы ҳәр бир адамға бир ярым минималдан кем сумма туўры келсе МПЖнан пуллы жәрдем алыў.

Жалғыз пенсионерлер бойынша:

Жалғыз пенсионерлерге төмендеги жеңилликлер бар.

1. Жер салығынан азат етилген.

2. Өзгелер қараўына мүтәж жалғыз пенсионерлер амбулияторияда емлениўде дәри-дарманлар менен жеңилликли тәмийинлениў ҳуқықына ийе.

3. Жалғыз қартайғанлар ҳәр жылы бир мәрте нәўбет тийкарында санатория, курорта бийпул жолламп алыў.

4. Емлеўханаларда аўқатланыў төлеминен азат етилген.

5. Мүлкиниң 60 квадрат метри көлемине мүлк салығынан азат етилген. Мүлки 60 кв метрден асып кетсе асып кеткен бөлегине мүлк салығын төлейди.

6. Өзгелер қараўына мүтәж жалғыз пенсионерлер тийисли дизим тийкарында дәри-дарманларды емлеўши врачлар тәрепинен жазылған рецепт тийкарында бийпул бериледи.

7. "Нураный" ҳәм "Мәҳәлле" қайыркомлық қорылары оларды қоллап-қуўатлаў ушын социаллық-материаллық жәрдемлер берилиўи керек.

8. Шаңарағының жәми дәраматы ҳәр бир адамға бир ярым минималдан кем сумма туўры келсе МПЖнан пуллы жәрдем алыў.

Дерек: Юридикалық мағлыўмат

“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың

© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы«ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) – БЦЛ – Балалар церебраль ләңи)» диагнозы.