Кимлерге ижара шәртнамасы бойынша коммунал үй-жай қорынан турақ-жай бериледи?

Министрлер Кабинетинин 2019-жыл 26-февраль күнги 170-санлы Қарары менен тастыйықланған Режелерге тийкар, төмендеги пуқараларға коммунал үй-жай қорынан меншиклестириў ҳуқықысыз бос турған турақ жай бериледи:

1. Уллы ўатандарлық урысы қатнасыўшылары ҳәм интернационал (аўған урысы қатнасыўшысы) жаўынгерлер;

2. Шәртнама бойынша әкерий хызметтке резервке босатылған яки отставкаға шыққан әкерий хызметкерлер;

3. Төмендеги аўыр түрдеги кеселликлер, яғный дисфория, шахсияттың өзгериў ҳәм ақылы әззилик пенен болатуғын эпилепсия, тез-тез тақирарланыўшы ақыбетинде тең салмақлылықты шығарыўшы аффектив ҳәм васваса синдромы менен болатуғын узликсиз психозлар, узликсиз шизофрения, ақылый кемислик (деменация) менен болатуғын бас мийдин органик кеселликлери, руўхый өзгерислер менен болатуғын бас мий қан-тамыр кеселликлери, рухияттын өзгериўи ақыбетинде I ҳәм II топар майыплығына шалынған шахслар, шығындылы ҳәм сидик ағыўлар, сондай-ақ шығынды ҳәм сидик услай алмаслық, көп муғдарда сүйықлық ажыратыўшы қәўипли өсимтелер, көп муғдарда сүйықлық ажыралыў менен кешетуғын тери кеселликлери, аяқ гангренасы, өкпе ҳәм басқа ағзалар Туберкулёздин микробактерияларын ажыратып атырғанлығы тәкирарий лаборатор тексериў нәтийжесинде тастыйықланған актив (Жуқпалы) түрлери ҳәм макау кеселлигине шалынғанлар.

4. 16 жасқа шекем 7 ҳәм оннан зыят болған көп перзентли шаңарақлар;

5. Ҳақыйкый жетим балаларды қайыркомлықка алған шаңарақлар;

6. 3 яки оннан артық мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзалары болған бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлар;

7. Жумыс ислемейтин биринши ҳәм екинши топар майыплығы бар шахслар;

8. Қартайған жалғыз пенсионерлер жалғыз жасайтуғын кекселер, ержетпеген балалар яки қамақта, жазаны өтеў мәкемелеринде, узақ мүддетли емлениўде болған шахслар менен бирге жасайтуғын өзгелер кутимине мүтәж болған пенсия жасындағылар;

9. Балалықтан майып болып қалған 16 жасқа шекем яки балалықтан биринши ҳәм екинши топар майып болып қалған балалары болған шаңарақлар.

Төмендегилер үй-жай шараятларын жаксылаўға мүтәж деп есапланады:

1. Турақ жай майданына ийе болмаған, жеке квартирада яки жасаў ушын жарамсыз үй-жайлар (барақлар, ўақытша үйлер, авария халатындагы үйлер, жер төлелерде жасаўшы пуқаралар).

2. Ҳәр бир шаңарақ ағзасы 16 квадрат метрден (майыплық креслода ҳәрекетлениўшилер ушвн 23 квадрат метр) кем болған турақ жай менен тәмийинленгенлер.

3. Жатақханаларда, ислеп шығарыў ҳәм жәрдемши ханаларда жасаўшылар, мәўсимлик ҳәм ўақытша хызметкерлер. Жатақхана дегенде оқығанлығы себепли жатақханада жасап атырғанлар кирмейди.

4. Ағайынлық қатнасықлары болмаған еки ҳәм оннан көп шаңарақ болып бир квартирада жасаўшылар;

5. Бөлек квартирада жасаўы зәрүр болып, Өзбекистан Ден-саўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланған айырым даўам етиўши кеселликлердиң аўыр түрлерине шалынғанлар. 

6. Үй-жай ажыратылып атырған халық пунктинде кеминде 3 жыл жасап атырған ҳәм дизимде турған пуқаралар.

Сондай-ақ, дала шараятларында кеминде 20 жыл ислеген ҳәм сол себепли турақлы жасаў жайына ийе болмаған геология-излеў шөлкемлери ҳәм топография-геодезия хызметлери хызметкерлери, 20 жыл мүддетте бирақ басқа жасаў пунктлеринде жасайтуғын, егер олар жасаў жайы бойынша жумысы жайласқан жасаў пунктинде әмелде болған үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәжлер есабына қойыў шәртлерине жуўап берген тәғдирде, сол жасаў пунктинде жайласқан шөлкемлерде узликсиз ислеген хызметкерлер, турақлы жасаўына қарамастан үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған пуқаралар сыпатында есапқа алынады. 

Бундай үй-жайлар жумыс ислеп атырған жумысшыларға жумыс орны тәрепинен (егер жумыс балансында үй-жай болса), ал жумыссыз пуқаралар болса ҳәкимият тәрепинен бериледи.

Дерек: Юридикалық мағлыўмат

“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың

© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы«ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) – БЦЛ – Балалар церебраль ләңи)» диагнозы.