I ҳәм II топардағы майыплығы бар шахсларға қандай жеңилликлер бар?

Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерде I ҳәм II-топардағы майыплығы бар шахсларға төмендеги жеңилликлер бар.

1. Олар ушын қолайлы болған бос жумыс орынлары бәнт (занят) етип қойылыўы керек.

2. Шаңарақта биринши топар майыбы бар шахс болса арзанластырылған үй-жай алыў. Үй-баҳасының 25% болған дәслепки төлемди төлеўи талап етиледи.

3. Биринши топар майыплығы бар шахсға қарап турған ўақыт ис стажына қосып есапланады. Бунда улыўма басқа ис стажы 7 жыл болыўы керек. Соңда биринши топардағы майыплығы бар адамға қарап турған ўақыт ис стажына қосып есапланады.

4. Балаларын балалар бақшасына бериўде бос болса биринши нәўбетте қойылады.

5. Санатория, курортқа бийпул жоллама. Биринши топар көзи әзиз майыбы болған шахстың гүзетиўшисине қосып бериледи. 

Жолламалар ҳәр еки жылда бир мәрте нәўбет тийкарында бериледи.

Арзалар Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министлигине берилиўи керек.

6. Емлеўханаларда аўқатланыў төлеминен азат етиледи.

7. Жумыс ислесе ең кем айлық ис-ҳақысынан дәрамат салығынан азат етиледи.

8. Мүлктин 60 квадрат метри шеңберинде мал-мүлк салығынан азат етиледи. 

9. Жер салығынан азат етиледи.

10. Егер майыплығы бар шахслар жеке исбилермен сыпатында жумыс ислесе ең кем ис-ҳақынын 50%, яғный ярым минималь патент салығын төлейди. Басқа жеке исбилерменлер 1 млн суммнан аслам патен салығы төлесе, майыплығы бар шахслар 102 мың сум төлейди.

11. Биринши ҳәм екинши топардағы майыплар кәсиби себепли майып болса яки балалықтан майып болса 2018-жыл 16-ноябрь күнинен баслап 66 мың 700 сум муғдарында бензин сатып алыўга компенсация бериледи. 

Напақа тайынлаўшы органга зәрүр ҳүжжетлер тапсырылыўы керек.

12. Жумыс ислеўши майыплығы бар шахсларға Мийнет кодекси бойынша 30 календарь күни узайттырылған тийкарғы дем алыс, жумысқа келгенине 6 ай болмасада өзине қолайлы болған ўақытта нәўбетсиз мийнет дем алысы бериледи.

13. Мийнет органлары (биржа труд) майыплығы бар шахсты жумысқа алыў ҳаққындағы жолламасы жумыс бериўши ушын мәжбүрий. 

14. Майыплығы бар шасхлар өзлериниң рухсатысыз түнги яки қосымша жумысларға тартыўға жол қойылмайды.

15. Майыплығы бар баланы тәрбиялап атырған ана яки әкесиниң бирине айына бир мәрте ҳәптеде бир күн ис-ҳақы төленетуғын қосымша дем алыс бериледи.

16. 12 жасқа толмаған еки яки оннан көп майыплығы бар баласы бар ямаса 16 жасқа толмаған майыплығы бар баласы бар аналарға жылына 3 ис күнинен кем болмаған ис-ҳақы төленетин қосымша дем алыс бериледи.

17. МПЖ, АПЖ дан напақа, бала тәрбиясы бойынша напақа ҳәм материаллық жәрдем алыўда егер ата-ананың бири майыплығы болса яки майыплығы бар балалы болған шаңарақлар устемлик ҳуқықына ийе.

18. Майыплығы бар шахслар өз қалтасынан майыплық арбасы яки еситиў аппаратын, хасса, қолтықтаяқ өзи сатып алса Ден-саўлықты сақлаў министрлигине мүрәжеет етсе, министрлик қасындағы комиссия қарарына тийкар жоқарыдағы сатып алған бүйымлары ушын компенсация пулы төленеди.

Дерек: Юридикалық мағлыўмат

“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың

© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы«ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) – БЦЛ – Балалар церебраль ләңи)» диагнозы.