Тақыятас районы әдиллик бѳлимине 2020-жыл 8-июль күни район турғыны Л.К. биринши топар майыбы екенлигин ҳәм бүгинги күнде майыплар арбашасына мүтәжлиги ҳаққында аўызеки мүрәжеет еткен еди.
Мүрәжеет Ѳзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 2016-жыл 14-июнь күни 2801-сан менен дизимге алынған «Мүтәж шахсларды протез-ортопедия буйымлары, реабилитация техникалық затлар ҳәм кресло-арбашалар менен тәмийинлеў тәртиби ҳаққында»ғы Режеге тийкар үйренип шығылды ҳәм мүрәжатты үйрениӯ нәтийжеси бойынша 2020-жыл 9-июль күни пуқара Л.К. майыплар арбашасы менен тәмийинленди.
Б.Икметуллаев,
Тақыятас районы әдиллик бѳлими бас мәсләҳәтшиси.
Дерек: Əдиллик жаңалықлары
Отправить комментарий
Отправить комментарий