Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси Нызамшылық палатасы жанындағы “Жаслар парламенти” не Шоманай районынан сайланған жас Сагатов Сабур Ғарезсизлигимиздиң 29 жыллық байрамы алдынан саўаплы иске қол урды.

Жаслар аўқамы Шоманай районлық Кеңеси ҳәмде “Қарабайлы” мәкан пуқаралар жыйыны баслығы менен биргеликте усы мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы “Жаңа бағ” аўылында жасаўшы балалығынан нәгиран Абдиреймов Шерзадтың ҳалынан хабар алды.

11 жаслы Шерзадты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап, дәри-дармақ хәмде емлениўи ушын қолымнан келген жәрдемимди көрсетип, өз қәўендерлигиме алыўды мақсет еттим ҳәмде буннан былай да алыс алыс аўыллардағы имкәнияты шекленген жаслардың машкалаларына унамлы шешим табыўы ушын жәрдемимди аямайман дейды “Мард оғлан” сыйлығы ийеси Сагатов Сабур.

Дерек: Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети