Аймақлардағы социаллық қорғаўға мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақтағы ҳаял-қызлардың машқалаларын үйрениў ҳәм  шешиў,  оларды материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша Өзбекстан Республикасы кәсиплик аўқамлары Федерациясы, Тахтакөпир районы ҳәкимияты, районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими менен биргеликте мәнзилли бағдарлама ислеп шығылды.

Бағдарламаға муўапық майып бала тәрбиялап атырған, жумыс ислеў мүмкиншилиги жоқ аналарға үй шәраятында мийнет етип, табыс табыў  ушын турмыс техникаларын алып бериў әмелге асырылды. Усы мақсетте районда жасаўшы 14 ҳаял-қызға тигиў машиналары ҳәм 10 ҳаял-қызға азық-аўқат өнимлерин писириў пешлери саўға етилди.

Дерек: Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети