“Инсан” социаллық хызметлер орайы ҳәмде мәҳалледеги социаллық хызметкерлер тәрепинен қандай хызметлер көрсетиледи?
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 1-июнь күнги “Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳəм жəрдем көрсетиў ҳəм де оның нəтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплекс илажлар ҳаққында”ғы ПФ-82-санлы Пəрманы менен Социаллық қорғаў миллий агентлиги ѳз жумысын баслағаннан кейин, халықтың социаллық қорғаўға мүтəж қатламын қоллап-қуўатлаў ҳəм жəмийетке интеграция қылыў мақсетинде бир қанша жаңаша жантасыў ҳəм усыллар арқалы ислерди шөлкемлестириў бойынша жаңа механизмлер əмелиятқа нəтийжели еңгизилип келинбекте.
Халықтың социаллық қорғаўға мүтәжлиги бар қатламын мəнзилли қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық жəрдем көрсетиў, олардың турмыс шәраятың жақсылаў ҳəм жəмийетке толық интеграция қылыў мақсетинде жаңа нəтийжели система – “Инсан” социаллық хызметлер орайлары ҳəм мəҳелледе комплекс хызмет көрсетиўши социаллық хызметкерлер искерлигиниң жолға қойылыўы нəтийжесинде, инсан қәдирини көтермелеў, ҳеш кимди итибардан шетте қалдырмаў тийкарында системалы жумыслар алып барылмақта.
Бүгинги күнде “Инсан” социаллық хызметлер орайлары ҳәм де мәҳелледе комплекс хызмет көрсетиўши социаллық хызметкерлер тәрепинен 120 дан артық хызметлер ҳәм жәрдем жәрдемлер туўрыдан-туўры inson.ihma платформасы арқалы арза киргизиў жолы менен көрсетилип атыр. Бул хызметлер бағдарлары қойындағы социаллық қорғаўға мүтәж шахсларға тиккелей көрсетиледи.
Атап айтқанда: Өзгелер күтимине мүтәж болған жалғыз жасаўшы ҳәм де жалғыз баслы ҳәм майыплығы болған шахслар ушын:
Жалғыз кексе деп тән алыў (яки бийкарлаў), ҳәр жылы бир мәрте тереңлестирилген медициналық тексериў өткериў, ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ҳәм қайта тиклеўде жәрдем көрсетиў, мәдений илажларда қатнасыў, кеселлик диагнозлары бойынша қарамағындағы медицина мәкемесине бийпул дәри-дәрмақ пенен тәмийинлеў бойынша бағдарлаў, 80 жасқа толған кекселер, I-топар майыплығы болған шахс ямаса 18 жасқа шекемги майыплығы болған балаға қараўдың ҳақыйқый жағдайларын тексериў ҳәм акт рәсмийлестириў, жылына бир мәрте санитариялық-эпидемиялық илажларын өткериў, өзгелердиң күтимине мүтәж шахслар ушын социаллық хызметлер бойынша "Белсенди өмирге қәдем" бағдарламасы тийкарында жаңа хызмет түрлерине тартыў, Социаллық қорғаў миллий агентлиги системасындағы санаторияларға жолламалар ажыратыў ҳәм шөлкемлестириў;
Майыплығы болған, аўыр кеселликке шалынған, соның менен бирге, физикалық, интеллектуаллық, сенсор ямаса психик раўажланыўда кешигиўлер болған ҳəм де узақ ўақыт емлениўге мүтəж болған балаларға кѳрсетилетуғун хызметлер бағдары бойынша:
Майыплықты белгилеў ҳәм функционаллықты баҳалаў, майыплығы болған, физикалық, интеллектуал, сенсор ямаса психик кемшиликлери болған ҳәм де узақ ўақыт емлениўге мүтәж болған балалардың айрықша тәлимге болған мүтәжликлик дәрежесин баҳалаў бойынша психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссияға жөнелтириў ҳәм тәлимге бағдарлаў, майыплығы болған шахсларды реабилитация қылыў ҳәм протезлеў миллий орайына жолланба бериў, майыплық напақасын белгилеў, медициналық социаллық экспертиза 0комиссия ҳәм де шыпакерлик мәсләҳәт комиссия тәрепинен протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитация техникалық қураллары ушын жуўмақ берилиўин ҳәм де өнимлердиң кепиллик ҳәм пайдаланыў мүддетинде оңлаў ямаса басқаға алмастырыў бойынша арзалар киритиў, кѳриў қәбилийети бойынша I топар майыплық белгиленгенде бул шахсларға бир мәрте арза киритиў жолы менен турақ-жай коммуналлық хызметлер ҳаққысын төлеў бойынша компенсация ажыратыў, майыплығы болған шахсларды адаптив спорт топарларына бәғдарлаў, күндизги күтим, социаллық такси, автотранспорт қуралларын майыплығы болған шахсларға масластырыў қәрежетлерин қаплаў хызмети, бәнтлигин тәмийинлеў, санаторияларға жолланбалар ажыратыў, балағынан майыплығы болған перзентлери бар аналарға жасқа тийисли пенсия белгилеў бойынша хызметлерди арза киритиў жолы менен көрсетиледи.
Сондай-ақ, басым ҳәм зорлықшылыққа ушраған ҳаял-қызлар ҳәм олардың жас өспирим перзентлери ушын хызметлер:
Басым ҳәм зорлыққа ушраған ҳаял-қызларға қорғаныў ордерин бериў, жойытылған ҳүжжетлерин қайта тиклеў, кәсип-өнерге оқытыў орайларына жолланба бериў, басым ҳәм зорлықшылықтан жәбирлениўшилер бойынша судларға арза ҳәм даўалар киритиў хызметлери кѳрсетиледи.
Кем тәмийинленген ҳәм “Камбағаллық реестири”не киритилген шаңарақларға көрсетилиўи белгиленген хызметлер бағдары:
Кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем ушын ҳәмде кем тәмийинленген шаңарақлар реестрине киритилген жалғыз ана яки әкеге перзенти мектепке шекемги тәлим хызметинен пайдаланыўы ушын материаллық жәрдем, артезиан қудық қазыў, суў насосларын орнатыў ҳәм де ишимлик суў филтрлерин сатып алыў ҳәм орнатыў қәрежетлерин қаплаў бойынша, емлениў ҳәм хирургиялық әмелият пенен ѳткерилетуғун кеселликлер ушын қәрежетлерин қаплаў, азық-аўқат, кийим-кешек, ижара үй шәртнамасы бойынша жәрдем ақшасың ажыратыў, турақ-жайын тәмирлеў, коммуналлық қәрежетлер бойынша хызметлер кѳрсетиледи.
Жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған, тѳлық болмаған шаңарақлардағы балалар бойынша:
Баланың ата-анасы шет мәмлеклерге кетип, бир жыл даўамында мағлыўматлар болмаса, оларды «бийдәрек кеткен» деп табыў илажларын көриў, перзентликке алыўшы ата-аналарды таярлаў курсларында оқытыў, балаларға қәўендерлик ҳәм әменгерликти алыў бойынша арза қабыллаў, бағыўшысын жойытқанлық напақасын рәсмийлестириў, балаларды өз шаңарағына алыўы мүмкин болған шахслар дизимин қәлиплестириў, жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды турақ-жай менен тәмийинлеў, шаңарақлық балалар үйин шөлкемлестириў, жетим ҳәм ата-ана қараўынан айырылған балаларды жоқары билимлендириўге бәғдарлаў менен бирге басқа хызметлерди көрсетиў белгиленген. Сондай ақ, жас өспирим (18 жасқа шекемги) аталар ҳәм аналар бағдары бойынша, соның менен бирге, улыўма хызмет ҳәм жәрдемлер шеңберинде буннанда басқа жәрдемлер ҳәм хызметлер кѳрсетилиўи белгиленген.
Социаллық жақтан қорғаўға мүтәж болған халық қатламының мүтәжлик ҳәм машқалаларың ҳәм де мүрәжатларын мәҳелле дәрежесинде социаллық хызметкерлер тәрепинен кейс-менежмент (социаллық ис) тийкарында үйренилинип, шахс ҳәм шаңарақта белгиленген сораўлар тийкарында баҳалаўлар өткериледи. Баҳалаў ақырында шахс ҳәм шаңараққа тийисли индивидуал хызмет ҳәм жәрдемлер жобасы ислеп шығылып, социаллық хызметкер тәрепинен хызмет ҳәм жәрдемлердиң көрсетилиўи шөлкемлестириледи.
Бунда социаллық хызметкер мәҳелле жетилиги ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлерди машқала ҳәм мүтәжликтиң шешимин табыўда тийисли шөлкем ҳәм мәкемелерге бәғдарлаў арқалы хызмет ҳәм жәрдемлердиң көрсетилиўин шѳлкемлестиреди.
“Инсан” социаллық хызметлер орайы ҳәмде мәҳалледеги социаллық хызметкерлер тәрепинен кѳрсетилетуғун жәрдем ҳәм хызметлер белгиленген нызам шеңберинде қарар талапларына тийкар кѳрсетиледи.
Гүлнара Нуримбетова,
Хожели районы “Инсан” соцаллық хизметлер
орайы бас қәнийгеси супервайзер.

Отправить комментарий
Отправить комментарий