Шоманай районындағы кем тәмийинленген, майыплығы болған ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызлардың бәнтлигин тəмийинлеў, қосымша дәрамат табыўына имкәният жаратыў мақсетинде, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси тәрепинен, аймақлардағы 14 ҳаял-қызларға бүгингидей пандемия дәўиринде шаңарағының экономикасына унамлы тәсирин тийгизиў ҳәм өзин-өзи бәнт етиўлери ушын ҳәр бирине тигиў машинасы тапсырылды.

Сондай-ақ 6 ҳаял-қызларға ден саўлығын тиклеў ушын 1 млн сўмнан нақлар материаллық жәрдем көрсетилди.

Саўғалар карантин талапларына әмел етилген ҳалда, ҳаял-қызлардың үйлерине апарып берилди.

Дерек: Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети