Республикалық билимлендириў орайы баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, бурын көриў имканияты шекленген оқыўшылар ушын бундай үлкен көлемдеги сабақлықлар басып шығарылмаған. Алдын көзи әззи оқыўшылар ушын Брайл сабақлықлары сөз арқалы тәрийпленген болса, быйылғы өзгешеликлерден бири, оған дүңки түрдеги сүўретлер ҳәм карталар киргизилген.

Сондай-ақ, биринши мәрте 10-11-класслар ушын 9 атамадағы Брайл сабақлықлары, герең ҳәм шала еситетуғын оқыўшыларға 4 атамадағы сабақлықлар таярланбақта.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги