Бүгин, 30-октябрь күни Жаслар ислери агентлиги Хожели районы бөлими баслығы А.Ильмуратова ҳәм Қарақалпақстан майыплар жәмийети Хожели районлық бөлими баслығы Б.Есбосыновлар район аймағындағы «Сарышүнгил» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы 13-санлы улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшысы Аразгелдиев Шангелдиниӊ халынан хабар алды.

Шангелдиге майыплар арабашасы ҳәм китаплар саўға етилди.

Дерек: Жаслар ислери агентлиги