Нөкис районы «Қутанкөл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы мәденият орайында «Жаңа Өзбекстан – жаңаша көз-қарас» атамасындағы илаж болып өтти.

Оған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Мухаммадали Абдуқундузов ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, ел таныған актёрлар, спортшылар, театр артистлери, шайыр ҳәм жазыўшылар, дөретиўши жаслар қатнасты.

Келген мийманлар илажда жасларымыз тәрепинен қол өнерлери көргизбеси, сүўретшилик, шахмат-шашка ҳәм мәденият тараўы бойынша ерисилген жетискенликлер менен танысып, фестиваль сазлы намалар, викториналар менен даўам етип, мәмлекетимизде болып атырған соңғы жаңаланыўлар ҳаққындағы видеороликлер қатнасыўшылар нәзерине усынылды.

Илаж даўамында «Қутанкөл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы кем тәмийинленген, майыплығы бар болған инсанлардыӊ ҳалынан хабар алынып, оларға майыплар арбашасы ҳәм азық-аўқатлық өнимлери берилди.

Дерек: Jaslarawqamı.uz