Нөкис районында "Бес баслама мәҳәллелерде" илажында мәденият, спорт, компьютер саўатханлығы, китапқумарлық ҳәм қол-өнерине бағышланған көргизбе ҳәм таңлаўлар өткерилди.


Илаж – мийманлардың концерт бағдарламасы, шөлкемлестириўшилердиң қызықлы викториналары менен көтериңки кейпиятта өткерилди.

Сондай-ақ, аўыл аймағындағы кем тәмийинленген, майыплығы болған Р.Амантурдиев ҳәм Б.Каюповлар шаңарақларынан хабар алынып, азық-аўқатлық затлар тарқатылды.

Темир дәптерге киритилген ҳәм өзиниң белсендилиги менен темир дәптерге киритилгенлер қатарынан шыққанлар район ҳәкимлиги тәрепинен сыйлықланды.

Дерек: Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети