Нөкис қаласы «Әмиўдәря» МПЖ турғыны Айгүл Нийетуллаева екинши топар майыбы болыўына қарамастан, туўма қәбилет ийеси. Ол 2007-жылдан миллий кестешилик өнерин шыңына жеткерип тоқый алады. Өз қолы менен тоқыған қарақалпақ миллий бас кийими сәўкеледеги кестешилик үлгилери оның ишки дүньясының нәзик талғамын сәўлелендиргендей.

Ол, быйыл Камолиддин Беҳзод атындағы миллий сүўретшилик ҳәм дизайн институтына студент болыў бахтына мияссар болды. Ҳәзирде института онлайн тәризде тәлим алмақта.

Айгүл – «Инсан қәлби күш-ғайратқа толы болса, ондағы имканиятлардың шеги жоқ» – екенлигин дәлийлей алатуғын жаслардан екенлигин, ол кестелеген өнерден, ақ қағазға салған сүўретлеринен аңлаў қыйын емес.

Айгүлдиң бул табысы менен қутлықлап, оның талантын қоллап-қуўатлаған ҳалда Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен телефон саўға етилди.

Хошамет – инсанды табысларға жетелейди. Айгүлге берилген саўға оның ушын жаңа табыслар алып келсе шеп емес.

Дерек: Jaslarawqami.uz