Бүгин 2020-жыл 2-декабрь күни Хожели районындағы әжайып "Дослық" ресторанында сектор басшылары,

Президент Халық қабыллаўханасы ҳәм мәкеме басшылары қатнасыўында 3-декабрь «Халықаралық майыплар күни» мүнәсибети менен салтанатлы иләж өткерилди.

Онда, Хожели районы ҳәкими Ж.М.Ермашев сөзге шығып, майыплылығы болған пуқараларымыздың шаңарақ ағзалары ҳәм өзлерин бүгинги байрам менен шын жүректен қутлықлады. Сондай-ақ, мийманларымызға байрам дәстүрханы жайылып, саўғалар тапсырылды.

Дерек: @xodjeyli_rk